1. tiotevise1976@ter54-gevision.store : elissaholub382 :
  2. pracbarcsualbi1985@ter54-gevision.store : jerrelltritt70 :
  3. info@www.kalomerkarukaj.com : PENCRAFT :
  4. sadikurrahmanrumen55@gmail.com : Sadiqur Rahman Rumen : Sadiqur Rahman Rumen
বৃহস্পতিবার, ১৩ ফেব্রুয়ারী ২০২৫, ১২:৫৩ অপরাহ্ন

💕жансая (Бибимариум) Утамбетованың өлеңдері💕

Md. Sadiqur Rahman Rumen
  • প্রকাশিত: শনিবার, ২৬ অক্টোবর, ২০২৪
  • ১৭৬ বার পড়া হয়েছে
Oplus_131072

Zhansaya Bibimaryam Utambetova

(1)

СЕНИ  КҮТЕМЕН

Не дейди, ҳалласлап талпынған жүрек,
Буншама ашықты дилгир етемен,
Муҳаббат ләззети бергендей дәрек,
Ғайбана  ашығым сени  күтемен…

Тынымсыз бул денем от болып жанып,
Ышқы  сәдеплерин  әсте  сөтемен.
Сен  келсең жаныма мен мийрим қанып,
Қалармедим жаным сени күтемен…

Жүргендей  сыяқлы Ҳинд  үлкесинде,
Өзимше ойланып қыял  етемен.
Ганг  дәрьясының  бир  шекесинде,
Кел жаным гүл менен сени күтемен…

Шашларым желбиреп , шамал күшине,
Алыс шеги жоқтай ойға кетемен.
Ҳайранман мен муҳаббаттың күшине,
Бәрибир ынтығып сени күтемен…

Жансая ( Бийбимәрьям )
Утамбетова.

Zhansaya Bibimaryam Utambetova
Republic of Karakalpakstan.

(2)

YOVVOVYOTDA O’SILADI 

  APIůAYI KİZBAN

 

Go‘ng, o‘tin yoqib issiq non qildi,

Issiq qiz mening baxtimni olib ketdi.

Erta tongdan turib, mol sog‘ardi.

Yovvoyi tabiatda o’sgan qiz …

 

Men yalangoyoq Jailavga boraman,

Ko’k yashil yaylovlarni qayerdan qidiryapsiz?

Men buyruq bo’laman, “ochiq – tuyoqqa”.

Keng dalada o’sgan qiz…

 

Keng dala toza havodan nafas oladi,

Kuch yovvoyi tabiatdan keladi.

Gayeda hind so’zini ayta olmayman,

Qo‘limda chelak bor, afyun issiq…

 

Men uchun har kuni baxtli kun,

Men qum yoki loydan quvonch bilan yuraman.

Tabiatning xohishidan zavqlanib,

Yovvoyi tabiatda o’sgan qiz …

(3)

ЖАБАН ЖЕРДЕ ӨСКЕН 

  ӘПИЎАЙЫ  ҚЫЗБАН

 

Тезек, отын өртеп ыссы нан жаўған,

Бир қызбан мийнеттен бахтымды таўған.

Таңда ерте турып йошып мал саўған,

Жабан жерде өскен әпиўайы қызбан…

 

Жайлаўға бараман жалаң аяқта,

Көк жасыл отлақлар излеп қаяқта.

Пәрмана боламан  ,, аша – туяққа”,

Кең далада өскен әпиўайы қызбан…

 

Кең дала  нәпеси таза ҳаўадан,

Күш қуўат аламан қула даладан.

Гейде Ҳинд қосығын айтып аламан,

Қолымда шелегим, әпиўайы қызбан…

 

Мениң ҳәр бир күним бахытлы майдан,

Ҳәз етип жүремен қум я ылайдан.

Тәбият заўқынан ләззетли тойған,

Жабан жерде өскен әпиўайы қызбан…

(4)

ТУЎЫЛҒАН   ЖЕРГЕ

 

Ана журтым, ысық көзге,

Сағындырар көп талайды.

Көринисиң маған  өзге,

Таслап кетпе деп қарайды…

 

Суўларыңнан ләззет татқан,

Сылдырласқан  жапырақлар.

Кең далалы узын  жатқан,

Алтынға тең   топырақлар…

 

Таўларың бар мунарланған,

Қыр далаңда гүлге толған.

Бабалардан мийрас  киби,

Туўылған жер болып қалған…

 

Алмаспайман жасап атқан,

Көзге  толы  ел – журтымды.

Шөллеп жатқан Аралым бар,

Қәстерлеймен ел  халқымды…

 

Қан тамырым Әмиўим бар,

Тилеймен мен  булқыўыңды.

Көллериңде сағындым мен,

Үйрек   ғазлар   Аққыўыңды…

 

Туўылған жер заўқы басқа,

Атам егип кеткен  бағы.

Егер және таңлар едим,

Кайта айланып келсем тағы…

 

Туўған жерим  әпсанамсаң,

Жүрген жерде мақтаўыма.

Мен қызыңа  исенебер,

Исенимди   ақлаўына…

 

Туўған жерим бир тилегим,

Суўсыз көрме ҳеш жәбирди.

Бир қасық суў  топырағың,

Мениң ушын дым қәдирли…

Жансая ( Бийбимәрьям )

Утамбетова.

(5)

МАЮС  КУЗЛАРИМГА БИР

         БОҚИНГ

 

Ҳеч ким сезмайдиган, бир жойда,

Учрашдиим орамиз  яқин.

Одамлар куп бунақа туйда,

Маюс  кузларимга бир боқинг…

 

Йиллар аро солсаям   узоқ,

Нима  экан  кузимдан уқинг.

Утган  кунлар мен учун азоб,

Маюс кузларимга бир боқинг…

 

Этиборсиз ҳаёлинг билан,

Қарамасга бор сенинг ҳақинг.

Куз онгинда турибман мен ҳам,

Маюс  кузларимга бир боқинг…

 

Кунгил севган  инсонни курдим,

Бе назарю  орамиз  яқин.

Ёш минибди мен ҳам тон бердим,

Маюс кузларимга бир боқинг…

 

Тақдир суқмоқлари аёвсиз экан,

Менга туҳфа ,энг сунги хатинг.

Умр синовлари ёки шу мекан ?

Маюс кузларимга бир боқинг…

 

Агар сизни   севмаганимда,

Куз ёшларим булмасди тукин.

Айтмас эдим курмаганимда,

Маюс кузларимга бир боқинг…

 

Этиборсиз қолдим чеккада,

Бе танишмиз бемалол утинг.

Айиблор бор икки кафттада,

Маюс кузларимга бир боқинг…

 

Армонларим учалмой қолди,

Бе этибор энди нетаман.

Маюс кузлар сизни деп толди,

,, Ажралиш ” куйини излаб кетаман…

(6)

АЛТЫНДАЙ ШАШЫРАП КҮН

           ШЫҚТЫ

 

Гүзги жапырақлар биримлеп түсип,

Еккен дақылларда мәўритли писип.

Кешеги шығарған палапан ушып,

Алтындай шашырап күн шықты…

 

Таңда оянғанның  кеўлин көтерип,

Қуяш нурларынан заўық  әперип.

Төртлик илҳамлары ядыма келип,

Алтындай шашырап күн шықты…

 

Таң саз бергенинде батты жулдызлар,

Енди сағым таңға дөреп қырмызлар.

Шашын тарамақта бой жеткен қызлар,

Алтындай шашырап күн шықты…

 

Ҳәр ким ойлап қояр кеўил қуштарын,

Ҳәмде тилеп қояр ашық аспанын.

Атқан таң қайырлы болсын досларым,

Алтындай шашырап күн шықты…

(7)

ҚАЛАБЕР

 

Өмир татлы…келешекке  бул мийрас,

Жақсы тилеклерде мудам болабер,

Әўлад ушын хызмет қылсын мың жыллап,

Сен саяман гүжим болып қалабер…

 

Ертеңги ҳәм арғы күнги  урпаққа,

Рәҳәтленсин  жайна жасна сая бер.

Белгили инсан бол Қарақалпаққа,

Ең атақлы шайыр болып қалабер…

 

Гүжим саясынан рәҳәт таўып,

Халқым ушын хызмет қылып турабер.

Сениң төртлигиңнен алайық заўық,

Жүреклерде мудам мәңги  қалабер…

 

Алтын сөзлериңнен йош алар ҳәрким,

Негизинде не бар келеди билгим.

Мен қусап биреўди сүйерсең  бәлким,

Муҳаббатым болып мәңги қалабер…

 

Жүрегиңди атсаң айға  суўырып,

Бир жамалым қосық болар туўылып.

Мениң жолларымда жүрсең жуўырып,

Мәңги муҳабатым болып қала бер…

সংবাদটি শেয়ার করুন

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

আরো সংবাদ পড়ুন
© সর্বস্বত্ব স্বত্বাধিকার সংরক্ষিত
প্রযুক্তি সহায়তায়: বাংলাদেশ হোস্টিং