1.
ӨМИРГЕ МЕГЗЕЙДИ ЖОЛҒА
ҚАРАСАҢ
Шықсаң жол бойына алысқа барар,
Күндеги көринис ҳеш ким сезбейди.
Аққан суўдай машиналар баратыр,
Өткинши өмирге қусап мегзейди…
Аралас ақ, қара қыйлы иреңде,
Барар жерин мәнзиллерин гөзлейди.
Гейде нағыш ойған түслес гилемге,
Шырайланған өмирге дым мегзейди…
Бири тоқтап қалса бири жүреди,
Бир тамаша көрип ойға таласаң.
Бәриниңде аман жетсем тилеги,
Өмирге мегзейди жолға қарасаң…
Зуўлайды тезликте тынып турмастан,
Сыртынан көз таслап әсте сынасаң.
Қайларғадур асфальт үсти жармасқан,
Өмирге мегзейди жолға қарасаң…
Еле өтип атыр даўамы қанша,
Қолдан келсе қәне есап сорасаң.
Жылаўлар жәмлесип ўақытты сонша,
Өмирге мегзейди ойлап қарасаң…
Жансая ( Бийбимәрьям )
Утамбетова.
Нөкис
2.
ЖАЗҒА УҚСАЙСАҢ.
Ашылып кеўилиң жайма шуўақлы,
Мен ушын инсансаң сөзде турақлы,
Мийнеткеш шаршамас иске талаплы,
Кеўлиң жадыраған жазға усайсаң.
Көзлериң күлимлеп қыя баққанда,
Сөзлериң кеўлиме майдай жаққанда,
Ҳижраның көксиме маржан таққанда,
Минезиң мен ушын қызға усайсаң.
Әлпешлеп мени сен қәдирданыңдай,
Мениң ықласымның атқан таңындай,
Излеймен көрмесем жойтқан жанымдай,
Мениң сап денемде назға усайсаң.
Қос бүлбил сайрайды ҳаўазы көркем,
Мени жаным дейип аймалап жүрсең,
Қосығыңа қоса сазыңды көрсем,
Маған илҳам берген жазға усайсаң.
Жазды мен сүйемен гүллеген пайыт,
Сулыўлығын шашқан онда жоқ айып,
Сеннен ләззетленсем шашымды жайып,
Мениң кеўлимдеги назға усайсаң.
Тек саған тек маған бул дүнья бардай,
Кел жаным гүллейик даўамсыз қалмай,
Жанымсаң әзийизли мен сүйген ярдай,
Мениң кеўлимдеги жазға усайсаң.
Жансая Утамбетова
12~ Май 2023~Жыл
Таң.
3.
“БИЗ ХОШЛАСТЫҚ”
Сонша әрманларым қалды жырақта,
Көзиме де жас келмеди ол ўақта,
Биз хошластық дийдар көрместей болып,
Қусым ушып кетти алыс узаққа.
Қалды бәри сағынышым әрманым,
Жайнап турған сездим гүлим солғанын,
Көзимде жас биз хошластық мәңгиге,
Берген гүлиң көрдим жерде қалғанын.
Басларым айналды дүния айналды,
Жүрегим езилди жаным қыйналды,
Биз хошластық соңғы мәрте иләжсыз,
Бул өмирге режелеп қойғанды.
Қайда қалды сонда берген ўәделер,
Маған арнап айды қолға әперер,
Биз хошластық өмир маған қаранғы,
Мениң ушын қайғы ғамды әкелер.
Неге неге дүнья солай жаралған,
Тең бөлинген еди берген сол алмаң,
Биз хошластық енди маған бахыт жоқ,
Сол турыста зиңирейип тураман.
Бахтым кетти аймалаған жүзимди,
Өзиң едиң ашқан мениң көзимди,
Биз хошластық неболды кейини,
Бир өмирге умытпайман өзиңди.
Жансая Утамбетова.
Қарақалпақстан Нөкис қаласы.
2~Февраль 2023 ~Жыл
4.
ҒАЗЛАР ҚАЙТЫП БАРАР
КӨЛ ҚАЙМАҒЫН ЖЕП
Қоңыр гүз басланды, ызғырық самал,
Мәўсимниң қалдығын көрмегендей еп.
Жаз бойы өскен жер ,кейинде қалар,
Ғазлар қайтып барар көл қаймағын жеп…
Жуп пасыл оларға шадлық бағышлар,
Бәҳәр, жаз айлары орыны бөлек.
Өнип – өсип ойнап көлди жағыслап,
Ғазлар қайтып барар көл қаймағын жеп…
Қаймақласар суўлар гүздиң аяғы,
Жақын екенлиги бул қыстан дәрек.
Есинен кетпейди күнлер баяғы,
Ғазлар қайтып барар көл қаймағын жеп…
Ыразы жаз бойы бәзим қурғандай,
Қыйқуўлар тынымсыз хош бол үлкем деп.
Әрманымды алып баратырғандай,
Ғазлар қайтып барар, көл қаймағын жеп…
Хош бол өскен жерим қәдирдан үлкем,
Кейни таўсылмайды, топары дым көп.
Ыссы үлкелерге баратыр билсем,
Ғазлар қайтып барар көл қаймағын жеп…
Жансая ( Бийбимәрьям )
Утамбетова.
5.
ЖАЛҒЫЗ ҚАРА ҚУЎ ТОЛҒАНЫСЫ
Ертеде еситтим, жәйҳун аяғы,
Суўы мол теңизи зор болған екен.
Ҳайўанат қуслардың мәканы болып,
Айтыўға тил жетпес көл болған екен…
Аппақ қуўлар айдынында ойнаған,
Қамысы көз жетпес ырғалған екен.
Қайық және пароходлар айдаған,
Мазалы сазаны пал болған екен…
Адамлар мийнетте умытып үйди,
Ҳәптеде айында айланған гейде,
Өзине тартады шыққың келмейди,
Теңизге айланған бул Арал дейди…
Шағырлап сеслери қуслар арасы,
Еситилер екен узақ алыстан.
Мениң пәдеримде сол жерге келген,
Қап – қара қуў туўылып қалыппан…
Басқа қуслар аппақ ал мен қап – қара,
Өзгеше түслерде көринсем керек,
Ҳәмме мени әжептәўир мысқыллап,
Менде жанзат қуспан, дүньяға демек…
Жыллар өтти теңиз суўы сарқылып,
Оған қуяр дәрьяларда тартылып.
Текте қалды көлдиң шалшық суўлары,
Жасап қалдым, көшке ермей арсынып…
Аппақ қуслар кетти мәкан жай излеп,
Жыллы мол суў, жасар жерлерин гөзлеп.
Ал мен болсам қыйып кете алмайман,
Еплеп жасап атпан,бәҳәр, жаз , гүз деп…
Қараған көзлерге қап қара қуўман,
Шалшық көл ултаны шабағын қуўған.
Аралға үмитли еле қарайман,
Суў түссе ҳеш болмаса кебирин жуўған…
Сыңсыйман үмитли сестим шықпайды,
Бул теңиз үстинен кимлер бақлайды.
Кемейип баратқан Аралдың суўын,
Кимлер ойлар екен, қалай сақлайды…
Жансая Бийби Мәрьям Утамбетова