1. info@www.kalomerkarukaj.com : কলমের কারুকাজ :
  2. sadikurrahmanrumen55@gmail.com : Sadiqur Rahman Rumen : Sadiqur Rahman Rumen
সোমবার, ০২ ডিসেম্বর ২০২৪, ১১:৩৩ অপরাহ্ন

🍁ГҮЗ….🍁🍁🍁✍️САПУРА ДОШМУРАТОВА🍁

Md. Sadiqur Rahman Rumen
  • প্রকাশিত: শুক্রবার, ৮ নভেম্বর, ২০২৪
  • ৬০ বার পড়া হয়েছে

САПУРА ДОШМУРАТОВА

 🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Тұсаукесерде:

 Жансая ( Бийбимерям )

         Утамбетова

🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

🍁ГҮЗ…..🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

 

Жасыл жапырақлар, сарыға дөнип.

Салқын самал әсте ескендей болды.

Саратан ыссыда, орнынан жылжып

Гүзге сәлем берип,босатар жолды. 

 

Пах ширкин,пасылдың сәни басқаша…

Қусларда мәканин, таслап баратыр..

Ақ алтын атызда, қырманы тасып…

Қарасам мәусимим, Гүзим киятыр…

 

Орден ыққа есип, салқын самалы.

Жапырақлар сыбырлап, сырын айтады.

Тап мегзес адамның, өмири қусап.

Бир шақа жапырағын күнде жойтады…

 

Тәбиятта ынжығын, көрсетип гейде..

Жауыны, дауылы,нөсер болады.

Хайранман усы гүз паслын айтың.

Бәхардей кимлерге қатты унады.

 

Айралық мәусим деп, унатпас сени.

Мениң де өзиме, жақпайсаң рас.

Миллионлап, кеуиллер сууып кеттиме.

Гүзге өкпелидей, көринер бираз..

 

Сонда да, бир әжеп, тилисимиң барма.

Алтын гүз, салқын,гүз атын алыпсаң.

Бирақта өзиңе тән бердим, мине..

Айралық, хижраның отын жағыпсаң.

 

САПУРА ДОШМУРАТОВА 

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ

সংবাদটি শেয়ার করুন

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

আরো সংবাদ পড়ুন
© সর্বস্বত্ব স্বত্বাধিকার সংরক্ষিত
প্রযুক্তি সহায়তায়: বাংলাদেশ হোস্টিং