1. info@www.kalomerkarukaj.com : PENCRAFT : PENCRAFT PENCRAFT
  2. sadikurrahmanrumen55@gmail.com : Sadiqur Rahman Rumen : Sadiqur Rahman Rumen
google.com, pub-8153238243199504, DIRECT, f08c47fec0942fa0
April 27, 2025, 8:52 pm

🌺ГҮЗДИҢ СОҢҒЫ АЙЫ✍️Жулдызай – Манзура Бауенова🌺

Tamikio L Dooley
  • প্রকাশিত: Thursday, November 14, 2024,
  • 141 বার পড়া হয়েছে

Жулдызай – Манзура Бауенова

ГҮЗДИҢ СОҢҒЫ АЙЫ

 

Қалдырып изинен сулыўлық дәстан,

Гөззаллық тәрийпи шыңлаған аспан,

Муҳаббатым шексиз дәреже асқан,

Гүздиң соңғы айы өтпекте мине!

 

Бағышлап мәўсимим илҳамлы қанат,

Дегендей қушағы қосықлар жарат,

Алтын түс реңи гөззаллық жарап,

Гүздиң соңғы айы өтпекте мине!

 

Жаўыны шүмдирген терең ой – қыял,

Руўхый азығым жараған гөззал,

Сыйқырлы көринис ертекке мысал,

Гүз айы хошласып баратыр мине!

 

Қысты шарламақта ақ түсли рең,

Бул мәўсим пәкликке, ҳадаллыққа тең,

Бир жылға хошласып атырмыз әттең,

Гүз айы соңына жетпекте мине!

 

Жулдызай – Манзура Бауенова.

Презентация: Жансая (Бийбимерям) Утамбетова

 

Қарақалпақстан республикасы

সংবাদটি শেয়ার করুন

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

আরো সংবাদ পড়ুন
© সর্বস্বত্ব স্বত্বাধিকার সংরক্ষিত © ALL RIGHTS RESERVED 
প্রযুক্তি সহায়তায়: বাংলাদেশ হোস্টিং
Verified by MonsterInsights