ҚЫЯЛ ДӘРЬЯСЫ
Тасқынлы бир дәрья ағар қанымнан ,
Таўсылмас ойларға тала беремен .
Әрманлы қыяллар кетпес жанымнан ,
Қыял дәрьясында қала беремен .
Нәўпирер толқынлап жағысқа урып ,
Жолында ышқының жана беремен .
Шексиз қосықларым алдыға сүрип ,
Ыңылдап намаға сала беремен .
Тәбият мени тек солай жаратқан ,
Жақсылық тиленип бара беремен .
Балалығым өткен Әмиўдәрьям бар ,
Суўы толса илҳәм ала беремен .
Суўында шомылдым ойнап жағыста ,
Қайығын айдадым күшли ағыста .
Таң қалып гүзинде ғайры нағысқа ,
Сүўретин төртликке сала беремен .
Саўал бар: гей ўақта өзи мен киммен ?
Жалаң аяқ тоғай , қумда ойнаған .
Шүкирлик етемен ҳәр өткен күннен ,
Жүрегимде бир қус бүлбил сайраған .
Жақсыларды көрсем тасар илҳәмим .
Соларды улығлап бара беремен .
Жаманлардың жақтырмайман қылғанын ,
Қыял батпағында қала беремен .
Мәўжирип ағады қыял дәрьясы ,
Ойлар шақасына қона беремен .
Мейли не болсада болсын кейини….
Усы ойлар менен бола беремен .
Жаңабай Баймуратов
14…10…2024.
Қарақалпақстан республикасы