ГҮБЕЛЕКЛЕР МЕНЕН ОЙНАЙМАН.
Мен сағынған келди бәҳәрим,
Нәпесиңе қанып тоймайман,
Балалығым қайтса мәҳәлим,
Гүбелеклер менен ойнайман.
Қулашымды жайып қус киби,
Тереклердиң жарар бүртиги,
Сағынғандай шадлы күлкини,
Гүбелеклер менен ойнайман.
Қуўаласып гүллер аралап,
Ең сулыўын таўып саралап,
Бәҳә келди пасыл жаңалап,
Гүбелеклер менен ойнайман.
Балалығым шадлы дәўирим,
Шашларымды сыйпар сәўириң,
Излеп таўып гүлдиң тәўирин,
Гүбелеклер менен ойнайман.
Жансая Утамбетова
1~ Марть 2023 ~Жыл Қарақалпақстан республикасы