КЕЛ…
Кел…
Жылытпаса
қыйын екен
жанған оты ышқының,
Лапламаса
жалын болып
муз қатқандай қыс күниң.
Кең даланы
қаплап думан
алжастырар жолымнан,
Көз алдында
мың сан елес
қуйылады үскиним.
Кел…
Бул не өзи
қуяшым жоқ
жарқыраған күндеги,
Жулдызларды
сағынаман
сәўле шашқан түндеги.
Адастымба
я зулметте
аңсап жарық әлемди,
Қыйын енди
йош тулпарым
Парнас таўға минбеги.
Кел…
Тилсимдейин
бир ғайры күш
өз – өзимди қысады,
Қылықлары
айбиқәддем
минезиңе усады.
Азық болған
журеклерге
шийрин сөзлер теўсилип,
Қалмадыма
мысқалдайын
мухаббеттиң усағы.
Кел…
Шығар бәлким
айралықтың
бизге еткен тәсили,
Буған гүўа
салқынласқан
гүз айының тәсири.
Кел жаныма
үмит отын
үрлеп қайта жағайық ,
Қуламасын
биз дүзеткен
шын ашықлар қәсири*.
Қарақалпақстан республикасы,
Мойнақ районы.