ЖАҚСЫНЫ КӨРСЕМ…
Той- бәзимде қалсақ магар танысып,
Бир- биреўге отырмай ҳәл салысып,
Кетер бирден әлпимиз де алысып,
Жаным жасарады, жақсыны көрсем.
Маргиясы тартып бирден өзине,
Қайыл қалып салдаманлы сөзине,
Нәзерим түскен де ысық жүзине,
Жаным жадырайды, жақсыны көрсем.
Түр- турпаты гөззаллықтан жаралып,
Турған яңлы мийрим нурын таратып,
Әдеп- икрам, ийбесинен нәр алып,
Жаным жай табады, жақсыны көрсем.
Қәлбиниң қуяшы түсип адамға,
Жақсы көрип қаларсаң бир заманда,
Дүнья әжайып көринип мағанда,
Жаным марқаяды, жақсыны көрсем.
Сәўбетлери майдай жағып жаныма,
Ушырассақ деп тураман тағыда,
Қарысып қалғандай қаны- қаныма,
Жаным семиреди, жақсыны көрсем.
Ақшолпан Аманияз 21.11.2024 жыл