1. info@www.kalomerkarukaj.com : PEN CRAFT :
  2. sadikurrahmanrumen55@gmail.com : Sadiqur Rahman Rumen : Sadiqur Rahman Rumen
শনিবার, ২৫ জানুয়ারী ২০২৫, ০৫:৩৪ পূর্বাহ্ন

🌿ТУМАРЫМ✍️Жансая ( БийбиМәрьям) Утамбетова🌿

Tamikio L Dooley
  • প্রকাশিত: রবিবার, ১ ডিসেম্বর, ২০২৪
  • ৭১ বার পড়া হয়েছে

Жансая (БийбиМәрьям)

Утамбетова

ТУМАРЫМ

 

Егизеклер излеп жүрер сыңарын,

Ал ашықлар сағынады жамалын.

Сен сезимди хат етип я жаздың ба?…

Дегим келер мойнымдағы тумарым.

 

Қатырылған сөзлер бардай ишинде,

Инам еттиң ушырасыў кешинде.

Жайластырған мениң сениң сүўретиң,

Ашып көрсем көринеди тумарым.

 

Жүрек киби қуйылыпты сары мыстан,

Нәзер салсам ядқа түсер сырлы дәстан.

Жаңылыслы пал түскенбе я билқастан,

Көп нәрсени ядқа салар сол тумарым.

 

Илекерлеп сыйпап қойыў шашларымды,

Ийиниңе қойдым сонда басларымды.

Түсинбеппен ишки сырлы астарыңды,

Исенимли еди берген сол  тумарым.

 

Айнығанда май болғанда дуз салады,

Қула дүзде көзи жаслы қыз қалады.

Сени көрсем жүреклерим муз болады,

Естеликке қалып кеткен сен тумарым.

 

Жансая  ( БийбиМәрьям)

Утамбетова.

Қарақалпақстан Республикасы

সংবাদটি শেয়ার করুন

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

আরো সংবাদ পড়ুন
© সর্বস্বত্ব স্বত্বাধিকার সংরক্ষিত
প্রযুক্তি সহায়তায়: বাংলাদেশ হোস্টিং