1. info@www.kalomerkarukaj.com : PEN CRAFT :
  2. sadikurrahmanrumen55@gmail.com : Sadiqur Rahman Rumen : Sadiqur Rahman Rumen
শনিবার, ২৫ জানুয়ারী ২০২৫, ০৫:৫৮ পূর্বাহ্ন

🌺С Ы Р Л А С Ы М✍️Алпысбай ИБАДУЛЛАЕВ🌺

Tamikio L Dooley
  • প্রকাশিত: রবিবার, ১ ডিসেম্বর, ২০২৪
  • ৬৬ বার পড়া হয়েছে

Алпысбай ИБАДУЛЛАЕВ

С Ы Р Л А С Ы М

 

Айтып ада болмас өмир қырларын,

Ҳәммеге де айтпас адам муңларын,

Толық сен тыңлайсаң жүрек сырларын,

Сен әзийзим, сен қымбатлым, сырласым.

 

Қуўансам, қыйналсам сени еслеймен,

Ең нәзик сырымды саған гизнеймен,

Бәрҳама излеймен, өзим сезбеймен,

Сен әзийзим, сен қымбатлым, сырласым.

 

Қуўансам, биринши саған айтаман,

Ҳәр таңда оянып, сени жойтаман,

Көриссем де көргим келер қайтадан,

Сен әзийзим, сен қымбатлым, сырласым.

 

Ҳәр қәдемди аттың ойласық пенен,

Ҳәммеден де бурын сорайсаң менен,

Усындай-ақ болар сыйласық деген,

Сен әзийзим, сен қымбатлым, сырласым.

 

Гүллерге мегзеймен сын-сымбатыңды,

Қайталаўға еринбеймен атыңды,

Қәдирлеймен маған муҳаббатыңды,

Сен әзийзим, сен қымбатлым, сырласым.

 

Сырласы болмаған жарылып өлер,

Басқағы сыр айтсаң, жағаңнан илер,

Дәртимди тек саған бөлиским келер,

Сен әзийзим, сен қымбатлым, сырласым.

 

Қанжар өткир болар үйкелис пенен,

Ток та алынады сүйкелис пенен,

Тәним басқаларға үйрениспеген,

Сен әзийзим, сен қымбатлым, сырласым.

 

Алпысбай ИБАДУЛЛАЕВ, 

08.01.2024-жыл

 

Қарақалпақстан Республикасы

সংবাদটি শেয়ার করুন

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

আরো সংবাদ পড়ুন
© সর্বস্বত্ব স্বত্বাধিকার সংরক্ষিত
প্রযুক্তি সহায়তায়: বাংলাদেশ হোস্টিং