1. info@www.kalomerkarukaj.com : PEN CRAFT :
  2. sadikurrahmanrumen55@gmail.com : Sadiqur Rahman Rumen : Sadiqur Rahman Rumen
শনিবার, ২৫ জানুয়ারী ২০২৫, ০৪:৪৯ পূর্বাহ্ন

🌸БУЛ УЛЛЫ МИЛЛЕТТИҢ АНАСЫ ҚЫЗЛАР…✍️Ж.Қ.Дәўлетмуратов🌸

Tamikio L Dooley
  • প্রকাশিত: সোমবার, ২ ডিসেম্বর, ২০২৪
  • ৬৬ বার পড়া হয়েছে

Ж.Қ.Дәўлетмуратов

БУЛ УЛЛЫ МИЛЛЕТТИҢ АНАСЫ ҚЫЗЛАР…

 

 

Қыз питкенниң бәрин теңеймен гүлге,

Толқынлайман қыз туўылды дегенде,

Келешек анасы келди бул елге,

Ҳәзир қыз, келешек анасы қызлар.

 

Қәсийетли бесикке бѳленер олар,

Ҳәйиў менен миллийлиги басланар,

«Ырыс алды- қыз» дер қарақалпақлар,

Бул Уллы миллеттиң ырысы қызлар.

 

Қыз бар үйде, меҳир самалы есер,

Әжапа, қарындас есиме түсер,

Адамлар «Қыз ѳссе ел кѳрки»- десер,

Қарақалпақ елиниң кѳрки ғо қызлар.

 

Услап қәрекеңниң дәстүрин, салтын,

Билимли қыз шығарар әкениң атын,

Қарақалпақ деген бул елдиң даңқын,

Илим менен шығарар илимпаз қызлар.

 

Тәрийплеп жетпеймен шайырлық сѳзде,

Жеңиске жетсеңизлер шадлығым жүзде,

Тебиренип кетемен, жеңимпаз қызды,

Қарақалпақстанның қызы дегенде.

 

Ана тилди перзентлерге үйреткен

Зибан берип түрлендирип, гүллеткен

Ақ қағазға гәўҳар сѳзлерди питкен

Уллы тилимиздиң қорғаны қызлар.

 

Даналық излеймен ѳзлериңизден,

Пәклик нур таратқан кѳзлериңизден,

Пазыйлет руўҳы бар сѳзлериңизден,

Қәрекеңнин жазыўшы, шайыры қызлар.

 

Кеўил салтанатым, жүрек ғәзийнем,

Кѳп болмас Сизлерге басымды ийсем,

Аналық меҳиринен, меҳирин ийген,

Бул Уллы миллеттиң анасы қызлар.

 

Ўатан ушын хызметин де тақ турған,

Гүлленсин деп, той берердей жуўырған,

Ул-қызларын елдиң Сизлер ғо туўған,

Уллы мәмлекеттиң анасы қызлар. 

 

                    Ж.Қ.Дәўлетмуратов. Пийшемби. 15.02.2024 ж.

Қарақалпақстан республикасы. Нѳкис.

সংবাদটি শেয়ার করুন

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

আরো সংবাদ পড়ুন
© সর্বস্বত্ব স্বত্বাধিকার সংরক্ষিত
প্রযুক্তি সহায়তায়: বাংলাদেশ হোস্টিং