ҚАРЕКЕҢНИҢ МЕҲИРИН
АЙТ….. МЕҲИРИН .
Көзинше мен көп мақтасам кешириң ,
Мийман болдым көрдим сонда тәсирин .
Тик аяқтан турып хызмет етеди ,
Қарекеңниң меҳирин айт…..меҳирин .
Қонақ десе , дәрўазасы ашыўлы ,
Дастурханда түрли жемис шашыўлы .
Тағам таярлаўда меҳир қосыўлы ,
Қарекеңниң меҳирин айт… меҳирин .
Ишип жеўден ойламайман бөгиўди ,
Бар тапқаны қонағына төгиўли .
Көлик десең арба атқа жегиўли ,
Мийман десе меҳирин айт… меҳирин .
Ул – қыз , келин болар хызмет жолында ,
Суў алып жүр мыс қуманы қолында .
Пәтияны алар аўқат соңында ,
Қарекеңниң меҳирин айт …… меҳирин .
Балық үнсиз суўға қуўысқанындай ,
Дослыққа беллерин буўысқанындай .
Жибергиси келмес туўысқанындай ,
Қарекеңниң меҳирин айт…. меҳирин .
Әдеп дәстүрлерин ядында сақлап ,
Келген мийман ушын отырар бақлап .
Жеткизер не керек барлығын тақлап ,
Қарекеңниң меҳирин айт меҳирин .
Бабалар ардақлап өткен жерим бар ,
Суўы кем болсада , дәрья көлим бар .
Мақтанышлы Қарақалпақтай елим бар ,
Қарекеңниң меҳирин айт…. меҳирин .
Жаңабай Баймуратов.
Қарақалпақстан республикасы