Demegen ORAZOV 1960-jılı 3-iyulde Ózbekstan Respublikasi , Qaraqalpaqstan Respublikasiniń Qaraózek rayonında tuwılǵan.
2021-jılı «Qaraqalpaqstan» baspasınan «Hay-Hay júyriklik» atamasındaǵı balalarǵa arnalǵan kitabı jarıq kórgen. Usı jıldan baslap «Paraxatshılıq Álemi» Xalıqaralıq Qazaq Dóretiwshilik Birlespesiniń Xalıqaralıq jazıwshılar awqamınıń aǵzası, hám Qırǵızstan Respublikasınıń «Qırǵız shayır-jazıwshıları» jámiyetlik qorınıń aǵzası.
САҒЫНЫШ
Өримлериң ойнап жаўрныңда,
Күлер едиң сонша наз бенен,
Жас баладай қүўанып сонда,
Толып-тасар едим не деген.
Байрамларда , тек өзиң менен,
Аўылыма сән енер еди,
Қанша излесемде енди мен,
Табалмаспан ол сәнелерди.
Сол күнлерди аңсап хәрдайым,
Үзақ түнге ойға таламан,
Хәм өзиңди ойлаған сайын,
Сонша сени , эх, сағынаман.
Қайтып келмесиңди сезсемде,
Үмит үзип корген емеспен,
Коп нәрседен , жаным, безсемде,
Түнғыш сезимлерден безпеспен.
ЖҮЙРИКЛЕРДИҢ ЖАМАЛЫ
Ат баратыр , танаўына дем сыймай,
Кийик барар , шоптен-шопке тайсалмай,
Еки жүйрик , жылдырымдай зымырап,
Кетип барар , бирин-бири алдырмай.
Екеўиде табан жолға таласқан,
Жүйриклиги кең далаға жарасқан,
Еки жүйрик кетип барар қүлдырап,
Корген жанлар хәўес етип қарасқан.
Донгеленип қалып атыр әтирап,
Ат баратыр тағалары жалтырап,
Бала отыр ат үстинде йошланып,
Құўаныштан еки жүзи жадырап.
Қүлдырайды еки жүйрик тирескен,
Пайда болды , салқын самал сирескен,
Әжайып-аў , жүйриклердиң жамалы,
Бирин-бири алдырмастан гүрескен.
САРЫ ШЫМШЫҚ
Үй алдына қайта-қайта келип жүр,
Арман-берман , үшып-қонып желип жүр,
Жер бетинен керек затын терип жүр,
Сүлыў екен қарағаны , Сары шымшық.
Гейде қыя , гейде дүзиў үшады ,
Сергек жүдә , қыймылдасаң қашады,
Шоп басында сайрап-сайрап йошады,
Жанға жағар сайрағаны , Сары шымшық.
Қәне оған дос болыўға жарасам,
Қанатларын доландырып тарасам,
Озлиги бар , оз куни бар , қарасам,
Әне маған үнағаны , Сары шымшық.
ТАҢҒЫ ТƏБИЯТ
Ярынан үялған қыздың жүзиндей,
Таң нүры қызарған изи үзилмей,
Жийделер түр , таңғы шыққа малынған,
Əжайып-ау келин бармақ жүзимдей.
Қүслар сайрап , түрли нама салады,
Оннан сайын жаның жайнап қалады,
Ала мойнақ дүутарымның сазындай,
Еситкенлер шийрин ойға талады.
Таң шүғласы сызық-сызық коринип,
Ауылыма сəн береди орилип,
Шыңғобыздың хауазындай жағымлы,
Əтшок шақырады əбден берилип.
Таза хауа жанға жағар не деген!
Нəпес алсаң кокирегиңди кернеген,
Қүстай жеңил тартып , қанат қомлайсаң,
Күуанышың теңлеседи кок пенен.
Оннан сайын шадланаман-йошаман,
Баладай күуанып , толып-тасаман,
Ашықлардай бир-бирине интизар,
Атқан таңға хəр күн ашық боламан.
ЖҮЙРИКЛИК
Еркине жибердим , еркин жүрсин деп,
Ат баратыр , торт түяғы дорсилдеп,
Шапқан сайын салқын самал күшейип,
Қою жалы ойнап барар желкилдеп,
Қарап түрман , ат қүйрығы созылып,
Қалып атыр , түяқ изи осылып,
Жылдырымдай , ат баратыр қүлдырап,
Гоззаллығы , гоззаллыққа қосылып,
Ат елерип , жан-жағына қарайды,
Шапқан сайын , самал жалын тарайды,
Ол баратыр , мəнзилине асығып,
Ағынлайды , əрманыңдай шырайлы.
Қалып атыр əтирапы ийирлип,
Қандай жақсы , əжайып-ау коркемлик,
Оннан сайын , қүшағы кең далаға,
Жарасады , жарықлық-ай Жүйриклик!!!
БӘҲӘР КЕЛДИ
Бәҳәр келди , бәҳәр келди,
Зер сәўлели қүяш күлди.
Жас дийханның жамалындай,
Жер қүлпырып түрар енди.
Бәҳәр келди , бәҳәр келди,
Сыңғырласып сүўлар күлди.
Жақсы ниет, тилек пенен
Дийхан түхым салар енди.
Бәҳәр келди , бәҳәр келди,
Кеўиллерге заўық берди.
Биз асығып , коптен күткен,
Әтирапқа шырай енди.
Бәҳәр келди , бәҳәр келди,
Гүл ашылып, бүлбүл күлди.
Сүлыўлардың сырғасындай,
Жарасады бәри енди.
Демеген Оразов
Қарақалпақстан республикасы