КҮН ҚАЙЫРЫ
Сабақ тамамланды тәнепис болып,
“Устазжан!..” – деп Жулдыз сырлы тоқтатып,
“Коридор”ға шықты жетелеп мени,
Қушақлап алды өзине тартып!..
Түсиндим қызымның ишки сезимин,
Мен де қушақладым берип меҳирим,
Соң әсте күлимлеп қараған ҳалда,
Деди – “Миннетдарман сизге устазым!”.
“Билесиз бе?..” – деди ойнатып көзин,
Қуўаныш туйғыда айтады сөзин,
“Келгенде дым қопал еди минезим,
Жыл ақыры мине қатты өзгердим!..”.
“Тәрбия” пәниниң ҳәр бир темасы,
Кеўилдиң меҳирли көзлерин ашты,
Жүрис-турысымда, ҳәтте дослықта,
Қандай болыўыма берди сабақты.
“Айнанайын!.. – дедим арқасын сыйпап,
Алған “бес”лериңди – атырсаң ақлап,
Ақыр пәнимиздиң тийкар-мақсети,
Әмелде қоллаўың билимиң сақлап.
Келешек әўладым әзиз оқыўшым,
Деген сезим менен бахытты қуштым.
Кәсибим жемисин көрген жақсы күн,
Кеўилим пәрўазлап, көклерге уштым.
Жулдызай – Манзура Бауенова.✍