Муҳаббат туйғыларынан
ҚӘЛБИМ ГӘЎҲАРЫ
Сырласым қәлемим, маған унарсаң,
Деймен гейде маған садық қала алсаң.
Жатырқамай саған шерик бола алсам,
Сен мениң сырласым қәлбим гәўҳары…
Кирпигимнен бир тамшы жас аққанда,
Сағынышлы сәўер ярды тапқанда.
Бахыт болып қанат қақтың аспанда,
Толқытасаң мени қәлбим гәўҳары…
Муҳабат бул шарпып нәзик денемди,
Инәм еттиң гүл ашылған әлемди.
Ашықлықтан қолға берип қәлемди,
Алға жетеледиң қәлбим гәўҳары…
Теңиздей толқыйман. самалдай есип,
Тастыда жарады бир лала өсип.
Өмирдиң ләззетли суўларын кешип,
Әрманға жетирдиң қәлбим гәўҳары…
Күле шырай берип мени аңсайсаң,
Бир мәўрит көрмесең неге қумсайсаң.
Қушағың гүл толы және ымлайсаң,
Мен ушын жаралған қәлбим гәўҳары…
Жансая ( Бийбимәрьям )
Утамбетова