Жанабай Баймуратов:
ЕРТЕҢ ОН БЕСИНДЕ ЗҮРӘӘТ
БАЙРАМЫ
Жыйнастырып дийханшылық ҳасылын ,
Қызғын мийнет болып өтти майданы .
Әзийз халқым ушын қуўанышлы күн ,
Ертең он бесинде зүрәәт байрамы !
Пахта , салы , бийдай еккен мәртлерим ,
Балықшы , шарўасы бәрин епледиң .
Бағманы , тамыршы барын шөпледиң ,
Ертең он бесинде зүрәәт байрамы .
Бийик зәўлим жайлар көкке тийип тур ,
Сениң мәртебең ғой көптен бийик дур .
Қурылысшым , жайың аспан сүйип тур ,
Ертең онбесинде зүрәәт байрамы .
Жеңил , аўыр санаттың түри көп ,
Карханалар көзге түсер ири көп ,
Жәриялады ҳәммеңизге байрам деп ,
Ертең он бесинде зүрәәт байрамы .
Атлар шабысады узақ айлаўға ,
Палўанлар тайын тур белбеў байлаўға .
Қарақалпақтың келиң тойын тойлаўға ,
Ертең он бесинде зүрәәт байрамы .
Жаңабай Баймуратов
Қанлыкөл.
Темаға :
ЎАҚЫТ – ДЕГЕН ДАЎАСЫ БАР
ҲӘР ИСТИҢ
Мейли жүгиребер , жетпекши болып ,
Секир , аспанға уш барында күштиң .
Биреўден алдын бол , биреўден қалып ,
Ўақыт деген даўасы бар ҳәр истиң .
Қанша талпынсаңда ўақты сәти бар ,
Питпегенде сен нелерге еристиң .
Адамға берилген ,, әўмет ” аты бар ,
Ўақыт деген даўасы бар ҳәр истиң .
Саған берген менен тилләли тақты ,
Әўметин бермесе алға жүристиң .
Қолыңды мың бир соз , болмаса бахты ,
Ўақыт деген даўасы бар ҳәр истиң .
Кисини қызғанып күстәни етпе ,
Қәлбиң дүзеп жолынан жүр дурыстың .
Илесип кейнинен кетпе өсектиң ,
Ўақыт деген даўасы бар ҳәр истиң .
Аспанға балта ат , қайтпайды саған ,
Жолынан мейли жүр таныс – билистиң .
Шөплесең берилген ырысқы тағам ,
Ўақыт деген даўасы бар ҳәр истиң .
Бәриде өтеди саўлы – наўқаслы ,
Жағдайыңа қарай күнди көристиң .
Тегинге пәмсиздей жасама жасты ,
Ўақыт деген даўасы бар ҳәр истиң.
Жаңабай Баймуратов .
Қанлыкөл.
Күн темасына :
МҮСӘПИР
Үйим жайым машқаласы таўсылмас ,
Жүгире бер , жоқты сирә бар қылмас .
Соның ушын тегин адам умтылмас ,
Негизинде соннан шығар мүсәпир .
Иләжиң жоқ қарыздарсаң таппаўға ,
Қалалы жер я малың жоқ сақлаўға .
Нийет етип бир қәдемди атлаўға ,
Сырт еллерде пайда болар мүсәпир .
Өзиң хожалыққа жай салыў керек ,
Азғантай өзгерис байқалыў керек .
Несийп етсин дейсең ақ жүзли келмек ,
Сол жақта тайындай ойлар мүсәпир .
Сөйтип жүргениңде ул – қыз ержетип ,
Тойды бериў керек оған гүрлетип .
Контракт төлейсең гейде бир кетип ,
Бәрине қайылдай болар мүсәпир .
Өмириң өтеди басқа еллерде ,
Бирақ бир күн келер бахыт демлерде .
Аўырсаң пул болмай қалар емлерге ,
Сырт еллерде аман жүрсин мүсәпир .
Дәўир сондай болып кетти көплерге ,
Мүсәпирлик сиңип дене етлерге .
Пайда көрип биреў ,, апар – ап келге “
Көп қыйналып қалды бираз мүсәпир .
Алданып шырмалып биреў торына ,
Қуўанасаң тирилиги барына .
Кетти қарамастан сәўер ярына ,
Қайтып келе алмай олда мүсәпир .
Йгри жолдан жүрип барған жағында ,
Жүргендей тап рәҳәттиң бағында .
Ҳәмде қосылысып басқа ағымға ,
Елине қас болған олда мүсәпир .
Мүсәпирлик аямайды адамды ,
Гейде зар жылатар бала – шағаңды .
Сезе ғойсаң жақсы менен жаманды ,
Қашып қутыл жаман жерден мүсәпир .
Үлкен байлық ушын берилме ойға ,
Қызықпа көз – көзли сарайдай жайға .
Сондада жеткерер сени де тойға ,
Өз елиңде мийнет исле мүсәпир .
Қанша қурылыслар қурдың сырт елде ,
Жас жигитлик күш – қуўат барында белде .
Усы хызметлерди еткенде елге ,
Қандай жақсы болар еди мүсәпир.
Жаңабай Баймуратов
19 12 2024 ж.
КИМ ӨЗ ҮЙИНДЕ БАХЫТЛЫ БОЛСА , БАХЫТЛЫ СОЛ
Темаға.
Шүкир деймен бахытлыман ,
Жақсылыққа берилсе жол .
Ден саўлыққа жетпейди ҳеш,
Бахыт деген тек әне сол !
Тамағым тоқ кийим пүтин ,
Зайып , ул – қыз жақсы күтим .
Күнде қонақ ҳал сораған ,
Әне бахыт келим – кетим.
Ақлықларым ойнап күлсе ,
Атажан деп танып билсе .
Мениң бахтым үйимдеги
Кишкенеси тәй – тәй жүрсе .
Келген ўақта қушақ ашар ,
Атажан деп тарпа басар .
Бахтым мениң ошақ басым ,
Келин хызмети жарасар .
Ата – анам солай оқытты ,
Үйдеги берди тахытты .
Ким үйинде бахытлы болса ,
Әне сол адам бахытлы .
Жаңабай Баймуратов
Қанлыкөл.
ТАҢНЫҢ АЛДЫ
Қараңғы…тынышлық ,тым – тырыс дала ,
Текте үрип атыр бир – еки күшик .
Аспанда жулдызлар жанар тек ғана ,
Жерде , ызғар яңлы шық – қыраў түсип .
Тереклер мүлгип тур , ўйқы басқандай ,
Суўық еңсесинен бүрип қысқандай .
Тып тыныш әтирапты бузып жиберди ,
Бир қораз қышқырар уйқы ашқандай .
Демек таң қалыпты дедим жақынлап ,
Тоңыппан далада бираз салқынлап .
Ҳәм сөйленип әсте кирдим үйиме ,
,, Не бар екен — азан менен қақылдап “
Жарықты өширдим , қапыны жаптым ,
Ҳәмде уйықлап атқан орныма жаттым .
Таң алдында әжеп сондай көринис,
Тамаша қылыўға бир ўақыт таптым.
Жаңабай Баймуратов
Түнги саат 4…17..
Сырға салыў үлкен тойға айланды ( ҳәзил ).
Ер жеткен қыз қысынғаннан қыя тур ,
,,Не болар “- деп түри өзгерип сыя түр .
Қуда болмыш үш – төрт ,, дамас” киятыр ,
Сырға салыў үлкен тойға айланды .
Қойды сойып қуйрық майы батпандай ,
Төсек салып бир созылып жатқандай .
Тап сол қыздан қутылалмай атқандай ,
Сырға салыў үлкен тойға айланды .
Әўел аўдаңласып түсер қудағай ,
Үсип келер дуў сыйыңа қарамай .
Қуда түсер…көп екенғой жораң ..ай ,
Сырға салыў үлкен тойға айланды .
Бурын еки – үш ҳаял кеп кетер еди ,
Қулағын балаға тислетер еди .
Не қойсаң алдына жеп кетер еди ,
Сырға салыў үлкен тойға айланды .
Иште дастурханның кемис жери жоқ ,
Келгенниң де оны таўсар ҳалы жоқ .
Таўық , балық тағамның ғой саны жоқ ,
Сырға салыў үлкен тойға айланды.
Қуўырдақ жегизип , гүртикте жилик ,
Қуда күткен яңлы шаўқымлы күлип .
Енди гәп тыңлаймыз қулақты түрип ,
Сырға салыў үлкен тойға айланды .
Сырға салса қызды сақлаў қыйындай ,
Сол сырғасы жүдә қымбат буйымдай ,
Бий абырай етпе ертең тойында..ай..
Сырға салыў үлкен тойға айланды.
Сарпайды әкелип жаўып молынан ,
Шықпаймыз ғой ескилердиң жолынан .
Сөйтип қызды услатамыз қолынан ,
Сырға салыў үлкен тойға айланды .
Дәстүр даўам етер пайда болмағы ,
Ойлап ислемеген дәстүр қалмады .
Жоқлаў хожалыққа түсер салмағы ,
Сырға салыў үлкен тойға айланды.