УРИМХАН ТАЖИМУРАТОВА У.
✍ ПЕНСИОНЕРДИ …
Аллатаалам берди сыйлап жасыны,
Мәмлекет көтерди мийнет тасыны,
Тилеп билер “аман болғай” басыны,
Тилемесе боларма пенсионерди.
Өмир жасарттырар мийнети ушын,
Пазыйлетли сыйлар зийнети ушын,
Ақша ажыратып хызмети ушын,
Көп көрме ҳешбириң пенсионерди.
Өз кәсиби пидайысы болғанлар,
Ҳалын билип мийнеткеш тасып-толғанлар,
Әўмет келип гүмбезине қонғанлар,
Көп көрме ҳешқашан пенсионерди.
Гелме-гезек жасың жаратқанымнан,
Сақла дегиш иси қаратқанынан,
Дүньяның бағдары баратқанынан,
Шүкиршилик, көп көрме пенсионерди.
Ҳәр кимниң орны бар өз заманында,
Қайнар ырысқысы пай қазанында,
Ҳәр күни тиле оннан таң азанында,
Бендемиз күнлемең пенсионерди.
Пенсионер ол сениң атаң ҳәм анаң,
Пенсионер ол сениң қызың ҳәм балаң,
Пенсионер ол сениң туўысқан панаң,
Умытпа, еслеп көр пенсионерди.
Келмеди тиленип басқа елаттан,
Наныңа шерикпеди сениң жеп атқан,
Уллының кеўилин ҳасла қабартпаң,
Қатардан қалдырмаң пенсионерди.
Жеткиншек жетилер, заман гәрдиши,
Қайтар дүнья түсин сонда пал иси,
Түсинбеген бар, қәне, қай киси,
Гидиртпең, билсеңиз пенсионерди.
“Минсиз адам жоқдур анық сынасаң”,
Сыйласаң сый басы болып турасаң,
Билсең, әдалат ет ата, анасаң,
Жүзөгөйлик сыйлама пенсионерди.
Шархыпәлек шәменине қайтады,
Ертең сени не досларың жойтады,
Күн айланбай сени әлем айтады,
Өзиңнен жат көрме пенсионерди.
“Бес бармағы бирдей емес” деген бар,
Кими жалқаў, кими исти апарар,
Билмейсең мәңги емес шалқаңа салар,
Әззи көрип қыйнама пенсионерди.
Бүгин мен, ертең сен уллы минберде,
Жеткерер жақсы нийет усы күнлерге,
Сонда шашсаң еди әлем дүрлерге,
Айдын жол күтсин бир пенсионерди.
Кешегиң тарийх бүгиниң керек,
Солай ма, сонда не ертеңиң ертек,
Болармеди көз-қарас бул неден дерек,
Әззилик сана ма пенсионерди.
Өзи әззи болса да дәўири күшли,
Журт басшы қоллаған бул уллы исти,
Бәршеси белгили жетилип писти,
Ҳүрмет орны көр пенсионерди.
Ең уллы әмелиң адамгершилик,
Инсаныйлық болса меҳир – биршилик,
Қаншасы нәмәлим аллам тиришилик,
Баҳа берип қыйнама пенсионерди.
💐💐💐📚📚📚☀☀☀👏👏👏
✍ УРИМХАН ТАЖИМУРАТОВА У.