1. info@www.kalomerkarukaj.com : PEN CRAFT :
  2. sadikurrahmanrumen55@gmail.com : Sadiqur Rahman Rumen : Sadiqur Rahman Rumen
শনিবার, ২৫ জানুয়ারী ২০২৫, ০৫:৪৩ পূর্বাহ্ন

🌺ӨМИРЛИК ЖОЛДАСЫМДАЙ ЖОЛДАС ҚАЙДА БАР✍️Гулмарей .Султанова🌺

Tamikio L Dooley
  • প্রকাশিত: শুক্রবার, ২৭ ডিসেম্বর, ২০২৪
  • ৪৪ বার পড়া হয়েছে

Гулмарей .Султанова

ӨМИРЛИК ЖОЛДАСЫМДАЙ ЖОЛДАС ҚАЙДА БАР.

 

Бирге қәдем таслап турмыс жолына.

Тилек тилеп бәрҳа атқан таңымда.

Өмирлик жолдасымдай жолдас қайда бар.

Қәўендер болатын бәрҳа жанымда.

 

Аўырсам қайғырып,күлсем қуўанып.

Жақсы сөзлерине жүрдим жубанып.

Өмирлик жолдасымдай жолдас қайда бар.

Бәрине үлгерер ўақытын таўып.

 

Турмыста болады түрли машқала.

Кеўилин алады үлкен,жастыңда.

Өмирлик жолдасымдай инсан қайда бар.

Текте алға,қарамайды арқаға.

 

Кек сақлап билмейди ҳәммеге бирдей.

Ырысқы несийбе молынан бергей.

Өмирлик жолдасымдай инсан қайда бар.

Тилегим саў болсын, жүз жасты көргей.

 

Туўған туўысқанға аямай меҳрин.

Истиң көзин билер ,зейини өткир.

Өмирлик жолдасымдай жолдас қайда бар.

Ойлассақ шығады бир жерден пикир.

 

Алладан сорарым оның саўлығын.

Ийниме жамылып менде жаўлығым.

Өмирлик жолдасымдай жолдас қайда бар.

Қызығын көргеймиз ақлық-шаўлығым.

 

Гулмарей .Султанова.

20-12-2024.

সংবাদটি শেয়ার করুন

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

আরো সংবাদ পড়ুন
© সর্বস্বত্ব স্বত্বাধিকার সংরক্ষিত
প্রযুক্তি সহায়তায়: বাংলাদেশ হোস্টিং