1. info@www.kalomerkarukaj.com : PENCRAFT : PENCRAFT PENCRAFT
  2. sadikurrahmanrumen55@gmail.com : Sadiqur Rahman Rumen : Sadiqur Rahman Rumen
google.com, pub-8153238243199504, DIRECT, f08c47fec0942fa0
April 30, 2025, 9:51 pm

❣️ҚӘЛБИМ ГӘЎҲАРЫ✍️Жансая ( Бийбимәрьям ) Утамбетова❣️

Md. Sadiqur Rahman Rumen
  • প্রকাশিত: Thursday, December 26, 2024,
  • 117 বার পড়া হয়েছে

Жансая (Бийбимәрьям)      Утамбетова

Муҳаббат  туйғыларынан

 

ҚӘЛБИМ    ГӘЎҲАРЫ

 

Сырласым қәлемим, маған унарсаң,

Деймен гейде маған садық қала алсаң.

Жатырқамай саған шерик бола алсам,

Сен мениң сырласым  қәлбим гәўҳары…

 

Кирпигимнен бир тамшы жас аққанда,

Сағынышлы сәўер  ярды  тапқанда.

Бахыт болып қанат қақтың  аспанда,

Толқытасаң мени қәлбим  гәўҳары…

 

Муҳабат бул шарпып нәзик денемди,

Инәм еттиң  гүл ашылған әлемди.

Ашықлықтан қолға берип қәлемди,

Алға жетеледиң қәлбим гәўҳары…

 

Теңиздей толқыйман. самалдай есип,

Тастыда жарады бир лала өсип.

Өмирдиң ләззетли суўларын кешип,

Әрманға жетирдиң  қәлбим гәўҳары…

 

Күле шырай берип мени аңсайсаң,

Бир мәўрит көрмесең неге қумсайсаң.

Қушағың гүл толы және ымлайсаң,

Мен ушын жаралған  қәлбим гәўҳары…

 

Жансая  ( Бийбимәрьям )

       Утамбетова

সংবাদটি শেয়ার করুন

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

আরো সংবাদ পড়ুন
© সর্বস্বত্ব স্বত্বাধিকার সংরক্ষিত © ALL RIGHTS RESERVED 
প্রযুক্তি সহায়তায়: বাংলাদেশ হোস্টিং
Verified by MonsterInsights