1. info@www.kalomerkarukaj.com : কলমের কারুকাজ :
  2. sadikurrahmanrumen55@gmail.com : Sadiqur Rahman Rumen : Sadiqur Rahman Rumen
সোমবার, ০২ ডিসেম্বর ২০২৪, ১০:৪৮ অপরাহ্ন

🌴Жайхун✍️Ра’но Сагидуллаева🌴

Tamikio L Dooley
  • প্রকাশিত: রবিবার, ১৭ নভেম্বর, ২০২৪
  • ৩৬ বার পড়া হয়েছে

Ра’но Сагидуллаева

Жайхун

 

Әмиў сен едиң ОКС,болдың нәўпир Жайхун,

Талай-талайларды жутқан нағыз жайын,

Ғәзийнең мол еди бурын,сондай тайын

Бурқасынлап толқының “шох”, тасқан сайын.

 

Еки бойың жап-жасыл қалың тоғайлар,

Жайлар еди,туркий тиллес ноғайлылар,

Жайлаўда жайылып,дүркинлеп жылқылар,

Жердиң сәни ақ бөкен ҳам де жейранлар.

 

Суўыңнан нәр алған,Шырақ,Томарислар,

Тоғайыңда ақырар еди,жолбарыслар,

Толқыныңда жүзер аққуў,фламинголар,

Журтына садық , қыз Гулайым,”Қырқ” қызлар.

 

Анадан батыр туўған ер- Ерназарлар,

Елин жаўдан қорғап болған парманалар,

“Тынышлық”деп Турым,Айдос бий-бабалар,

Жанын да қурбан қылған нешше даналар!

 

Халқым мийнет етип бойыңда сайранлар,

-Тасқын суўың қайда кетти,-деп ҳайранлар?!

-Суўың қайтып келгей-дә,-деген ой ойлар!

Басыңнан өтти,нешше-нешше дәўранлар!

 

Кимлерде толмаған солай пайманалар?!

Кимлергедур бул журт,сондай арманалар!

Суўға кеткен талды беккем қармаланар,

Даўран келсе,бойың гулзарға айланар!

 

Ра’но Сагидуллаева

Презентация: Жансая (Бийбимерям) Утамбетова.

     03.10.24 22:34

Қарақалпақстан республикасы

সংবাদটি শেয়ার করুন

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

আরো সংবাদ পড়ুন
© সর্বস্বত্ব স্বত্বাধিকার সংরক্ষিত
প্রযুক্তি সহায়তায়: বাংলাদেশ হোস্টিং