Утамбетова.
ҚЫЯЛ ТОЛҚЫНЫНДА
Кимди көрсең гүллер инәм етежақ,
Күт десем сол жерде он күн күтежақ.
Қыялына бир жымыйсам егерде,
Қыс болсада жәҳән көклеп кетежақ…
Қыял толқынлары нәўпирер жанда,
Излейди жекеден кеште я таңда.
Билмедим ҳәммеси ашық болғанба?,
Бир сөйлессе әрманына жетежақ…
Мендеғой ойым жоқ оныңдай ҳеште,
Еримди күтемен жумыстан кеште.
Индемей қояман салып билмеске,
Перзентлерим оқыўынан кележақ…
Қыял толқынлары урар жағысқа,
Шарқы пәлек болғым келмес ағысқа.
Қуўанаман қолым жеткен табысқа,
Телефонның қуўатыда өшежақ…
Ҳайранман көплерге онша жақынлап,
Жақсыларды гейде қояр ақыллап.
Егер сөзин қоя қойсаң мақуллап,
Мәселени бир сөз бенен шешежақ…
Мен анаман жолым басқан дүзиўден,
Жанып жүрмен Өсек сөзлер гүжиўден.
Қыял толқынында ғарқ бола қойсам,
Толқынында қорқаман мен жүзиўден…
Жансая ( Бийбимәрьям )
Утамбетова.